22Apr-2025
#китапқумарлық_хәптелиги 21-апрель”Ашылыў күни”
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң «2020-2025- жылларда китапханлық мәдениятын раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў миллий дәстүрин орынлау мақсетинде «Өзбекстан китапқумарлар журты» сүрени астында V Республика Китапқумарлық хәптелигиниң бүгин ашылыу кешеси болып өтти. Кешеге Район Ҳәкими Б.Султанов қатнасты ҳәм кешени кирис сөз бенен ашып берди.Кешеге белсенди китапқумарлар орай хызметкерлери қатнасты. Бунда жаслардың китап оқыуға қызығыушылығын рауажландырыу, халық арасында көркем әдебий шығармаларды кеңнен насиятлау ҳәмде китап көргизбелер шөлкемлестирилди. Сөзге шыққанлар қатнасыушыларды басланып атырған китапқумарлық хәптелиги менен қутлықлап, журтымызда китапханлықты рауажланлырыуда алып барылып атырған реформалар хаққында хәмде китапханлыкты халық арасында әсиресе жасларға кеңинен үгит-насиятлау кереклигин айтып өтти.
