28Nov-2023
Миллий гвардия елимиздиң қорғаўшылары
Қанлыкɵл районы Мəлимлеме китапхана орайы ҳəм Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы Қорғаў басқармасы Конырат 3-топар менен биргеликте, 1-декабрь-Қарақалпақ тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн 34 жыллығы мүнәсибети менен “Мәртебең бәлент болсын,Ана тилим» сүрени астында байрамға бағышланған иләжлар болып өтпекте. Илажға Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы Қорғаў басқармасы Қоңырат районларара коргаў бөлими 3-топар командири А.Караматдинов ҳәм орай хызметкерлери Ещанов Полат,Косбергенов Курал,Сейтмуратов Расул қатнасты.Мақсет – жаслар санасында Ўатанға болған терең сүйиспеншилик ҳəм садықлық сезимлерин терең тамырландырыў, нураныйлардың ɵткен жолларын мысаллар тийкарында жеткериў ҳəм келешекте кəмил инсанлар болып жетилисиў ушын китаптың орны айрықша орын ийелейтуғынлығын сəўбетлесиўлер арқалы жеткериўден ибарат.@qanlikol_kitapxana
