15Oct-2024
15-октябрь_Халықаралық_ аўыл_ҳаяллары_куни.
ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР ЖӘМИЙЕТ ҲӘМ ШАҢАРАҚ ШАМШЫРАҒЫ.
Ҳаял- -қызлар дүньяның көрки, шаңарағымыздың уйтқысы, жәмийетте болса, татыўлықты, әдеп-икрамлылықты жаратыўшы инсанлар. Ҳақыйқатында да, олар шаңарақта перзент тәрбиясы менен шуғылланыўы менен бир қатарда, мәмлекеттиң раўажланыўына ҳәр бир тараўда өзиниң айрықша мийнети менен белгили орынға ийе белсенди ҳаял-қызларымыз ҳәмийше ҳүрмет-иззетте. БМШ Бас Ассамблеясының 2007-жыл 18-декабрьдеги «Аўыл аймақларында ҳаяллардың жағдайын жақсылаў» ҳаққындағы 6резолюциясына тийкарланып, 15-октябрь Халықаралық аўыл ҳаяллары күни деп жәрияланған. БМШ усы күнде аўыл аймақларында жасайтуғын ҳаял-қызлардың машқалаларына итибар қаратыўға, атап айтқанда, олардың билим алыўы, мийнет етиўи, абат турмыста жасаўы ушын зәрүр шараятлар жаратыў белгилеп берилген. Сәне мүнәсибети менен Қанлыкөл районы Дослық МПЖ аймағында Халық аралық аўыл ҳаяллары күнине арнап Қанлыкөл районы Мәлимлеме китапхана орайы хызметкерлери ҳәм Қанлыкөл районы Үгит нәсият топары ағзалары Г.Әметова ҳәм Г.Узақбергеновалардың басламасы менен байрам илажы өткерилди. Оған нураный белсенди апалар Салтанатова Бахытгул, Исмаилова Қызларгул ҳәмде бир қатар нураный апалар мийманда болды ҳәм өзлериниң баҳалы үгит-нәсиятларын билдирди.
